Мәмлекетимизде жас әўладтың ҳәр тәреплеме жетик, физикалық жақтан саламат ҳәм кәмил инсан болып жетисиўине, олардың өз қәбилетлерин толық көрсетиўи ушын көплеген шараятлар ҳәм имканиятлар жаратылып берилмекте.

Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан футбол ассоциациясы, Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм басқа да тийисли шөлкемлердиң бирге ислесиўинде мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллығына бағышлап мәҳәллелердиң жаслары, тийкарынан 18-30 жас аралығындағы ҳәўескер футболшылардан қуралған командалар арасында өткерилип атырған «Былғары топ» дәстүрий республикалық турнири, әне, усындай ийгиликли ислердиң нәтийжеси болып табылады.

photo5380085337772108779.jpg

Ҳәзирги ўақытта, орынларда усы турнирдиң үшинши басқышы өз жуўмағына жетпекте. Сондай-ақ, байрам тәризинде шөлкемлестирилип атырған ушырасыўлар футбол ықласбентлеринде айрықша тәсир қалдырмақта.

14-15-август күнлери Қарақалпақстан Республикасында «Былғары топ-2019» дәстурий турнириниң үшинши басқышы Нөкис қаласындағы «Туран» стадионында көтериңки руўхта өткерилди. Жарыста сайлап алыў басқышынан жақсы нәтийже менен өтип келген 16 команда қатнасып, ең күшлилер жеңимпазлар педъесталына көтерилди.

Жарыс жуўмағына бола 1-орынды Тақыятас районы, 2-орынды болса Қоңырат районының жигитлери жеңип алған болса, сыйлы 3-орын Нөкис районының командасына несип етти. Солай етип Тақыятас районы командасы Ташкент қаласында болып өтетуғын Республикалық финал басқышына жолламаны қолға киргизди.

photo5380085337772108780.jpg

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом және естелик саўғалары тапсырылды.

ӨзА