Социаллық тармақларда және Мәмлекетлик тест орайының тест нәтийжелерин есаплайтуғын қымбат баҳалы техникалық қураллары қәте ислеп атырғаны ҳаққындағы мағлыўматлар тарқалмақта.

Мәмлекетлик тест орайы буларға мүнәсибет билдирди.

«Ҳүрметли абитуриентлер ҳәм ата-аналар, АҚШтың  SCANTRON iNSIGHTTM 150 қурылмалары дүньядағы ең жетекши техникалық қураллардың бири болып табылады ҳәм олардан оғада көплеген мәмлекетлер пайдаланады. Сизлерди исендирип айтамыз, Мәмлекетлик тест орайына орнатылған жоқары тезликте ислейтуғын iNSIGHTTM 150 маркалы оптикалық сканер стандартқа сәйкес, саз ҳалатта ҳәм қәтесиз ислемекте. Социаллық тармақларда берилип атырған мағлыўматларға исенип қалмастан, жағдай бойынша дәслеп Мәмлекетлик тест орайына мүрәжат етилсе, анық жуўап алынса, мақсетке муўапық болар еди. Блогерлердиң жәмийетшиликке оператив хабар жеткериў принциплерине садық екенлигинен қуўанышлымыз, бирақ олар арасында оқыўшыларын бир дегенде көбейтиўге ҳәрекет етип атырған, буны анық емес пикирлер, тийкарсыз мағлыўматлар тарқатыў, улыўма «сенсация» ушын әмелге асырып атырғанлардың да ушырасып атырғанын умытпаў керек», – деп жазылған МТО хабарында.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.