17-ноябрь күни Өзбекистан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими көргизбелер сарайында қарақалпақ сүўретлеў өнериниң раўажланыўында өзиниң дөретпелери менен үлкен үлес қосып киятырған художник, Өзбекистан көркем өнер Академиясы дөретиўшилер аўқамы ағзасы Абдулла Еримбетовтың 86 жасқа толыў мүнәсибети менен «Туўған жер реңлери» атамасында жеке көргизбеси өткерилди.
Жеке көргизбеден художниктиң 60тан аслам живописьлик дөретпелери орын алған.
Көргизбени тамашалаўға Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ҳәм Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң оқыўшы-жаслары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Көргизбени өткериўдеги тийкарғы мақсет – көркем өнер ықласбентлерин ҳәм жас дөретиўшилерди туўылып өскен жерине болған сүйиспеншилигин арттырыў, ўатанымыздың гөззал тәбиятына, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет ҳәм муҳаббат руўхында тәрбиялаўдан ибарат.
Илажда шығып сөйлеген И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи директоры Г.Изентаева, Қарақалпақстан халық художниги С.Байбосинов, Өзбекистанға хызмет көрсеткен жаслар устазы Ж.Лепесов ҳәм басқалар өз сөзинде художник А.Еримбетовтың картиналарында елимиз тәбиятының гөззаллығы, өзине тәнлиги ҳәр тәреплеме ашып берилгенлигин ҳәм оның «Қаратерең көли», «Бултлы күн», «Қара үй әтирапында», «Қызкеткен», «Ана жер қырғағында» атлы картиналары ҳәзирги күнде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик Үлкетаныў музейинде сақланып атырғанлығын атап өтти.
Буннан соң қатнасыўшылар художниктиң көргизбесинен орын алған пейзаж, портрет жанрларындағы картиналарды тамашалап, дөретпелерде оның өз елине болған муҳаббаты, ҳәр бир мәўсимниң өзине тән тәреплерин, колорит ҳәм жарқын реңлер арқалы айрықша усылда көрсетип бере алғанының гүўасы болды.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы