Қырғызстанның бурынғы президенти Алмазбек Атамбаев ҳүкиметке бағынды, оны қолға алыў операциясы еки күн даўам етти, деп хабар бермекте АКИ press хабарына тийкарланып Gazeta.uz сайты.

Алмазбек Атамбаев 2011-2017-жыллардаҚырғызстанның Президенти болған. Июнь айының ақырында мәмлекет парламенти оны коррупцияда айыплаған. Арнаўлы операцияның басланыўына оның үш мәрте тергеўге барыўдан бас тартқаны себеп болған.

Қырғызстанның бурынғы президенти Алмазбек Атамбаевты қолға алыў операциясы 7-август күни басланған. Тилекке қарсы оның тәрепдарлары аарнаўлы хызмет ўәкиллерине қарсылық көрсеткен, нәтийжеде орепация ўақтында бир әскер қайтыс болып, 80 адам жарақат алған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги