Бүгинги күнде ең шетки аймақларда жасап ҳәм мийнет етип атырған инсанлардың ҳалынан хабар алып, олардың турмысында ушырасып атырған мәселе ҳәм машқалаларды унамлы шешиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың 6-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ер­ния­зов орайдан 230 км ден аслам қашықлықта жайласқан Елликқала районының «Шуқырқақ» аўыл пуқаралар жыйыны турғынларының ҳалынан хабар алды,-деп хабар берди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баспасөз хызмети.

Жергиликли халық пенен болып өткен ушырасыўға министрликлер менен уйымлардың, ҳуқық қорғаў уйымларының, район ҳәкимлигиниң басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Президентимиздиң басшылығында «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи тийис», деген принцип тийкарында өткерилип киятырған көшпели қабыллаўлар халқымыздың күнделикли турмысында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалалардың орынларда унамлы шешилиўине, солай етип, олардың бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет етпекте.

«Шуқырқақ» аўыл пуқаралар жыйынында бүгинги күнде 700 ден аслам аслам халық жасайды. Аўыл пуқаралар жыйыны 2002-жылы шөлкемлестирилген болып, жергиликли халық тийкарынан шарўашылық пенен шуғылланады.

Өткерилген ушырасыў даўамында пуқаралар тийкарынан жол қурылысы, жер майданын ажыратыў, байланыс хызмети, турақ жай, билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў, медициналық ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти.

Ушырасыўда пуқаралардың 40 тан аслам мүрәжаты тыңланып, соннан 20 ға жақын мүрәжат сол жердиң өзинде шешимин тапты. Қосымша үйрениў ҳәм ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшыларына анық тапсырмалар белгилеп берилди.

Соның менен бирге, аўыл пуқаралар жыйынындағы кем тәмийинленген шаңарақларға телевизор, гилем, азық-аўқат өнимлери, ал, 33-санлы улыўма бериў бериў  мектеби жәмәәтине ҳәр қыйлы атамадағы әдебий китаплар, жаңа парта ҳәм тахталар да берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги