Ферғанада 50 мың сумлық ақшаны қәлбекилестирип, оны жумсаған колледж оқыўшыларына суд тәрепинен жаза тайынланды.

Елимизде жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарында көплеген жумыслар алып барылып атырған болса да, тилекке қарсы, жынаятқа қол урып атырғанлар да ушырасып турыпты. Ашынарлысы, жынаятқа қол урғанлар арасында мектеп ҳәм колледжлердиң оқыўшылары да бар.

Жынаят ислери бойынша Қувасой қалалық суды тәрепинен көрилген бул жынаят иси Таслақ районындағы Заркент агросанаат кәсип-өнер колледжиниң оқыўшылары тәрепинен исленген.

Жас өспирим О.Қосимов жынайы шериклери М.Охунов, И.Содиқов ҳәм Э.Жабборовлар менен алдыннан жынайый тил бириктирип, қәлбеки банк билетлерин (банкнотлары) таярлаў және оларды өткериўди режелестирип, жынайый реже дүзген. Олар Таслақ районы Заркент аўылының орайындағы компьютер хызметин көрсетиў шақапшасында быйыл январь айының ақыры, февральдың басында Epson–L355 реңли принтери жәрдеминде нусқа көшириў жолы менен қәлбеки 50 мың сумлықты таярлаған. Оннан кейин олар Қува районы Салим аўылында жайласқан З.Эркабоевқа тийисли дүканинан бир дана энергетик ишимлик сатып алып, қәлбеки пулды өткерген. Арадан бираз мүддет өтип дүкан сатыўшысы 50 мың сумлық ақшаның қәлбеки екенин билип қалған. Қәлбеки ақшаны берген адамды анықлап, нызамлы илаж көриўди сорап, ИИБға мүрәжат еткен.

Буннан тысқары, судланыўшы Д.Комилов ҳәм Р.Аҳмедовлар усы жасларды 50 мың сумлық купюрадағы  ақшаларды қәлбекилестирип атырғанын көрип, бул исленген аўыр жынаят ҳаққында анық билген болса да ҳуқық қорғаў уйымларына хабар бермеген.

Алып барылған оператив-сорастырыў ҳәрекетлери даўамында ер жетпеген О.Қосимов, М.Охунов, И.Содиқов, Э.Жабборовлар тәрепинен қәлбекилестирип өткерилген үш дана 50 мың сумлық қәлбеки купюра ҳәм «Epson-L355»    маркалы реңли принтер айғақлы дәлил ретинде алынды.

Суд ҳүкими оқылып, жынаятқа қол урғанлар ислеген ислерине жараса жаза да алды. Бирақ еле турмыстың ақ-қарасын танымаған бул жаслар неге жынаятқа қол урды? Билимлендириў мәкемелериниң жуўапкерлери, мәҳәлле белсендилери өз ўақтында бул жасларды қадағалаўға алған да бәлким жынаяттың алды алынған болар ма еди?

М.СУЛАЙМОНОВ, ӨзА