Усы жылдың 1-6-август күнлери Қубла Африка Республикасының Дурбан қаласында өткерилген Халықаралық математика жарысында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 14 медаль ҳәм 2 ҳүрмет жарлығын қолға киргизди. Бул ҳаққында ХБМ хабар берди.

Сайланды команда қурамында Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Дамир Дилмуратов та табыслы қатнасып, индивидуал мәселе шешиў бойынша ҳүрмет жарлығы ҳәм командалық мәселе шешиў бойынша бронза медалын қолға киргизди.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, бул халықаралық жарысқа 41 мәмлекеттен билимлендириў системалары айырықша атап өтилген қубла Корея, Қытай, Сингапур, Гонконг, АҚШ, Уллы Британия, Канада, Австралия, Румыния, Болгария ҳәм басқа да еллерден 500 ден аслам ең қәбилетли оқыўшылар математиканың комбинаторика, санлар теориясы, геометрия бөлимлерине байланыслы қурамалы ҳәм стандарт болмаған мәселелерди шешиў бойынша жарысты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.