«Руўхый жетиклик ҳәм ўатансүйиўшилик күни» мүнәсибети менен Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң тәрбияланыўшылары Арқа-батыс әскерий округиниң әскерий бөлимлеринен бирине экскурсия шөлкемлестирди.

Қызықлы ўақыяларға ҳәм танысыўларға бай болған экскурсия даўамында тәрбияланыўшылар әскерий бөлимниң турмысы ҳәм жумыслары менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды. Нөкис гарнизонының ең үлгили әскерий бөлимине болған саяхат даўамында ол жердеги заманагөй жатақхана, асхана, китапхана, интернет ҳәм оқыў класслары, экобағ тәрбияланыўшыларда үлкен тәсир қалдырды. Әсиресе. әскерий бөлимниң ҳәўескерлик дөгереги ағзалары ҳәм Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары арасында экобағда өткерилген «Music battle» таңлаўы экскурсияға және де жоқары кейпият бағышлады. Тәрбияланыўшы Берик Копаевтың гитара саз әсбабында Ўатан ҳаққында айтқан қосықлары әскерлердиң жаўынгерлик руўхыятына күш бағышлады.

-Келешекте әскерий ушыўшы болмақшыман, – дейди Меҳрибанлық үйи тәрияланыўшысы Ж.Хусаинов. – Меҳрибанлық үйимизге әскерлер тез-тезден келип турады. Бул рет бизлер де әскерий бөлимге денетәрбиясы пәнинен оқытыўшымыз Ш.Алламбергеновтың басшылығында келдик. Әскерлер ушын жаратылған шараятлар, китап оқыў ушын қолайлы ҳәм китапларға бай китапхананы көрдик.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.