Министрлер Кабинети тәрепинен усы жыл 2-августта қабыл етилген «Реңи өзгертилген (қарайтылған) айналы автотранспорт қуралларынан пайдаланыўды тәртиплестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен автотранспорт қураллары айналарының реңин өзгертиўдиң жаңа тәртиби белгиленди, бул ушын әмелге асырылатуғын төлемлер сезилерли дәрежеде азайды.
Самарқанд ўәлаятында автомобиль айналарының реңин өзгертиў ушын 537 миллион 430 мың сум төлем әмелге асырылған. Бул ҳаққында uza.uz сайты хабар бермекте. Соның ишинде ўәлаят бойынша 139 жеке меншик ҳәм 6 юридикалық шахсқа тийисли автомобильлерге рухсатнамалар берилген.
5-август күни айналарды қарайтыў ушын рухсатнамалар тек ғана ўәлаят ИИБ ЖҲҚБ рәсмийлестириў ҳәм имтихан алыў бөлими тәрепинен берилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги