Хабарыңыз бар, бир неше күн алдын «Xushnudnek.uz» телеграм каналында «Қорақалпоғистоннинг Қонликўл туманидаги мажбурий меҳнат ортидан жазирама иссиқда ишлаётган ўқитувчилар ва бошқа бюджет ташкилотлари ходимлари акс этган лавҳалар» атамасындағы фотолар жәрияланған еди. Бул жағдай бойынша район ҳәкими Д.Толыбаев төмендегише рәсмий мағлыўмат берди, деп жазады ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети.
Атап өтиў керек, шынында да ҳәзирги ўақытта Қанлыкөл районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарламасының орынланыўы шеңберинде район орайында қурылыс, реконструкция ҳәм оңлаў жумыслары қызғын пәтлерде алып барылмақта.
Атап айтқанда, 7 социаллық объектте реконструкция ҳәм капитал оңлаў жумыслары, 4 социаллық объект ҳәм 22 хызмет көрсетиў объектлериниң жаңа қурылысы, 19 көп этажлы жайды қайта оңлаў, 5,3 километрлик ишимлик суў тармағы, 4,5 километрлик канализация тармағын қурыў, 10 километрлик жолларда реконструкциялаў жумыслары ҳәм тротуарлар қурылысы, сондай-ақ, 4,5 километрлик канализация тармағын қурыў, бир қатар инженерлик коммуникациялық ҳәм ирригациялық-мелиорациялық тармақларда алып барылып атырған оңлаў-тиклеў жумыслары усылар қатарында әмелге асырылмақта.
Бул объектлерди Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамына саўға сыпатында пайдаланыўға тапсырыў жобаластырылған. Усы мүнәсибет пенен районның орайлық көшелеринде шын мәнисинде кең көлемли абаданластырыў ҳәм көгалландырыў жумыслары алып барылмақта.
«Xushnudnek.uz» телеграм каналында жәрияланған райондағы барлық бюджет мәкемелери хызметкерлери мәжбүрий тәризде көшелерде абаданластырыў жумысларына тартылғаны ҳаққындағы фото мағлыўматлардың надурыс екенлигин тастыйықлайман.
Дурыс, бул фотолар ҳәрекет процесинен алынған. Бирақ, бул көринислерде райондағы бюджет мәкемелери хызметкерлери емес, ал орайлық көшелерде ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылған хызметкерлер ҳәм өзлериниң көп этажлы жайлары әтирапында өз қәлеўи менен абаданластырыў ҳәм тазалаў жумысларын алып барып атырған пуқаралар сүўретленген.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, районның орайлық көшелеринде бул жумысларға 199 ҳақы төленетуғын жәмийетлик хызметкерлер тартылған.
Соның менен бирге, район халқы тәрепинен өз қәлеўи менен «Өз үйиңди абаданластыр» ураны тийкарында өзлери жасайтуғын жайлардың әтирапларын абаданластырыў ҳәм көгалландырыў жумыслары алып барылмақта.
Жуўмақ орнында атап өтиў орынлы, ҳәзирги ўақытта Қанлыкөл районы халқы аймақта әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумысларынан кеўли толып, бул жумысларды өз ўақтында ҳәм сапалы етип орынлаўға шын кеўли менен мийнет етпекте.
Аўдармалаған: Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.