«Автотранспорт қуралларына ийелик етиў ҳәм оларды басқарыў ҳуқықын беретуғын исеним хатларын рәсмийлестириў бойынша» көрсетпеде автотранспорт қуралларына ийелик етиў ҳәм оларды басқарыў ҳуқықын беретуғын исеним хаты 2 нусқада рәсмийлестирилиўи, оның 1 нусқасы пуқара тәрепинен 10 күн ишинде аймақлық Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармаларына дизимнен өткериў ушын усынылыўы белгиленген.

Бүгинги күнде Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 31-августтағы 683-санлы қарары менен тастыйықланған «Автомототранспорт қуралларын мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби ҳаққында»ғы режесине тийкарланып исеним хатлары нотариаллық мәкемелерде рәсмийлестирилген ўақытта усы исеним хатлары аймақлық ЖҲҚМХ уйымларына есапқа алыў ушын электрон түрде жибериледи ҳәм Бирден-бир автоматластырылған системаға киргизиледи.

Ҳүкиметтиң усы қарарына муўапық Әдиллик министрлиги ҳәм Ишки ислер министрлигиниң 2000-жыл 29-майдағы 01-526, 24/8-855-санлы «Автотранспорт қуралларына ийелик етиў ҳәм оларды басқарыў ҳуқықын беретуғын исеним хатларын рәсмийлестириў бойынша» көрсетпеси әмелде өз әҳмийетин толық жойытқан.

Сол себепли, Әдиллик министрлиги тәрепинен усы ҳүжжетти өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққында жойбар таярланды.

Әдиллик министрлиги

Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими

ӨзА