4-август күни «Алматы-Нөкис» жөнелисинде ҳәрекетленип баратырған жолаўшы автобусы жол шетине шығып кетип, аўдарылғаны, ақыбетинде автобустағы 1 жолаўшы ўақыя орнында қайтыс болып, 2 адам аўыр ҳәм 8 адам ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алғаны ҳаққында хабар берген едик.

Бухара ўәлаяты ИИБ жанындағы тергеў басқармасы тәрепинен алып барылған оператив ҳәрекетлер нәтийжесинде жағдайға анықлық киргизилген. «Van Hool» маркалы, KZ 545 APV 13 белгисине ийе жолаўшы автобусы қазақстанлы «Юг Транс Лайн» жәмийетиниң транспорт басқарыўшысы Рустамжон Алиев басқарыўында болған. Рустамжон Алиев көзи илинип, уйқы басқаны себепли Жондор районындағы «Луқмон» МПЖға қараслы шөл аймағынан өтетуғын А-380 халықаралық әҳмийеттеги жол – Бухара-Хорезм (Алматы-Нөкис) жөнелисиниң 299-километринде басқарыўды жойтқан. Акыбетинде автобус жол шетине шығып кетип, аўдарылған.

Автобуста улыўма 46 адам болған, олардың 13 и қазақстанлы, 33 и болса өзбекстанлы болған.

Авария ақыбетинде 2008-жылы Қарақалпақстанда туўылған, ержетпеген Арай Умурзакова ўақыя орнында қайтыс болған. 12 жолаўшы болса авариядан соң жолаўшы транспортлар арқалы жасаў мәнзиллерине кетип қалған. Ҳәзирги ўақытта бул пуқаралардың да ким екенлигин анықлаў бойынша оператив-сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

– Аянышлы авария жүз бергени ҳаққындағы хабар келгеннен соң, оператив түрде жетип барылды ҳәм жәбирленгенлер Газли қалашасындағы емлеўханаға жеткерилди. Оларға зәрүрли медициналық жәрдем көрсетилди. Жәбирленген ҳәм жағдайы салыстырмалы түрде қәўетерли болған 12 пуқара Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Бухара филиалына алып келинди. 8 ине қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетилип, жағдайы жақсыланғаннан соң, үйине рухсат берилди. Қалған 4 наўқастың жағдайы орташа дәрежеде болып, емлеў жумыслары даўам етпекте, – дейди ўәлаят денсаўлықты сақлаў басқармасының баслығы И.Нарзиев.

Жағдай бойынша автобус басқарыўшысы Р.Алиевке Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясының 2-бөлими менен жынаят иси ашылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.