Өзбекстандағы мәмлекетлик емес телеканалларда бир күнлик эфир кестесин қәлиплестириўде сырт ел сериалларын бир суткада тек ғана бир мәртеден көп болмаған жағдайда эфирге узатыў белгиленди.

«Xabar.uz»дың мәлим етиўинше, Министрлер Кабинетинде өткерилген жыйналыста бул ҳаққында атап өтилген.

Сондай-ақ, телеканалларға эфир ўақтының тийкарғы бөлимин оригинал көрсетиўлер менен толтырыў, миллий көркем фильм ҳәм сериалларды баслы орынға шығарыў, телеканаллардан көрсетилетуғын сырт ел сериалларын қатаң тәризде Өзбекстан Республикасының әмелдеги нызамшылық талапларына жуўап бериўи тәмийинлениўи атап өтилген.

Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясына он күнлик мүддет ишинде енгизилген тәртипти барлық мәмлекетлик емес телерадиоканалларға жеткериў ўазыйпасы жүклетилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.