Усы жылдың 1-август күни намәлим пуқара Нөкис қаласы «Жаңа базар» МПЖда жасайтуғын 35 жаслы С.А. исимли ҳаялдың үйине ашық турған айнасы арқалы кирип, үйден 5 миллион сум пул, 2 дана «Samsung» және 1 дана «LG» маркалы мобиль телефонларын урлап кеткен. Жағдай бойынша жынаят иси ашылған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ хабар берди.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Шымбай районы «Тағжап» АПЖ аймағында жасайтуғын 31 жаслы Р.А. әмелге асырғаны анықланып, усланған. Тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.