2019-жылдың 5-август күни Министрлер Кабинетиниң «Ҳүрметли пуқара» атағын бериў тәртиби ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Қарарға муўапық, бул атақ экономика, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тараўдың раўажланыўына көп муғдарда инвестиция киргизген, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасында қайырқомлық жумысларын әмелге асырып атырған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған адамларға бериледи.

Бул атақ Президент басламасы менен берилиўи мүмкин.

Бунда қарар Сенат тәрепинен қабыл етиледи, гүўалық болса Сенат баслығы тәрепинен тастыйықланады ҳәм тапсырылады.

Егер баслама мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары тәрепинен берилген болса, қарар тийисли тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери тәрепинен қабыл етиледи.

Бул атақ Өзбекстан Республикасының пуқаралығын алыў ушын тийкар болып хызмет етпейди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.