2019-жыл 4-август күни саат 18:30 ларда Бухара ўәлаяты, Жондор районы аймағынан өтетуғын А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 299-километринде Қазақстан Республикасы пуқарасы, Түркстан ўәлаяты, Шымкент қаласында жасайтуғын, 1978-жылы туўылған А.Р. «Van Hool» маркалы, KZ 545 APB 13 мәмлекетлик белгиге ийе автобусты басқарып баратырғанда, белгисиз себеплерге байланыслы руль басқарыўын еплей алмағаны ақыбетинде автобус жолдың шетине қарай аўдарылған. Бул ҳаққында Газета.uz хабар берди.
Бул жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде автобустағы жолаўшылардың бири ўақыя жүз берген жерде қайтыс болған. 10 жолаўшы ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алып, емлеўханаға жатқарылған. Қазақстан Республикасы пуқарасы А.Р. басқарыўындағы «Van Hool» маркалы, KZ 545 APB 13 мәмлекетлик белгиге ийе автобус «Алматы-Нөкис» халықаралық жөнелисинде жолаўшы тасыў менен шуғылланған.
Ҳәзирги ўақытта усы жол-транспорт ҳәдийсесиниң келип шығыў себеплери үйренилип, дәслепки сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.