Алдын хабар бергенимиздей, Ҳүкиметтиң усы жыл 2-августтағы 646-санлы қарары тийкарында автомобильлердиң айнасын қарайтыўға рухсат берилди.
5-августтан баслап орынлардағы банк бөлимлеринде «тонировка» ушын төлемлер қабыл етиле басланды, деп хабар берди «Дарё».
Айырым пайдаланыўшылар «тонировка» ушын алған рухсатнамаларының фотосын социаллық тармақларда жәрияламақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.