Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мүлк ҳуқықының кепиллениўин сөзсиз тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында Президент бийлиги қабыл етилди (03.08.2019ж., Ф-5491). Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң рәсмий каналында хабар берилди.
Бийликке бола, 2019-жыл 5-августтан баслап, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң жер участкаларын алып қойыў және көшпес мүлк объектлерин бузыў жумыслары төмендеги 3 басқышта әмелге асырылады:
ҳәкимлер тәрепинен бузылыўы режелестирилген аймақ бойынша материаллардың топламы Министрлер Кабинетине киргизиледи:
Министрлер Кабинетинде қала қурылысы талаплары бойынша ҳәм финанслық есап-китаплар бойынша жуўмақлар таярланады;
жуўмақ Бас министрге көрип шығыў ҳәм қарар қабыл етиў ушын киргизиледи.
Сондай-ақ, Бийлик пенен:
жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине жеткерилген зыян муғдарын хатлаўдан өткериў бойынша республикалық муўапықластырыўшы жумысшы топар ҳәм аймақлық жумысшы топарлардың қурамы;
хатлаўдан өткериўге жәрдемлесиў ушын аймақларға бириктирилетуғын жуўапкерлердиң дизими;
хатлаўдан өткериў және оларды қаплаўда жол қойылатуғын кемшиликлерди сапластырыў бойынша «жол картасы» тастыйықланды.
Хатлаўдан өткериў бойынша жумысшы топарға:
пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине жеткерилген зыянларды орынларға шыққан ҳалда хатлаўдан өткерип, олардың нызамшылыққа муўапық базар баҳасы тийкарында ҳақыйқый ҳәм әдалатлы муғдарын белгилеў;
жеткерилген зыянларды қаплаўдың анық дәреклери белгилениў, егер зыян лаўазымлы шахстың нызамға қайшы түрдеги қарарының қабыл етилиўи ақыбетинде жеткерилген болса – сол лаўазымлы шахслардан регресс тәртибинде өндирип алыў;
айыплы лаўазымлы шахсларға жуўапкершилик илажларын көриў және нызам ҳүжжетлериниң нормаларын буннан былай да жетилистириў бойынша анық усыныслар ислеп шығылыўы ўазыйпасы тапсырылды.
Ҳүкимет тәрепинен бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын қарар қабыл етиледи:
мәмлекетлик бағдарламалар, ири инвестициялық ҳәм басқа да жойбарларды аймақтағы көпшиликтиң пикирин есапқа алған ҳалда әмелге асырыў;
жер участкаларының алып қойылыўында оларда жайласқан көшпес мүлк объектлериниң мүлк ийелери менен ашық сөйлесиўлер өткерген ҳалда, биринши гезекте, гөнерген ҳәм авариялық жағдайдағы турақ жай қоры объектлери, соның ишинде, пайдаланылмай атырған объектлер менен бәнт болған жер участкаларын таңлап алыў;
ҳәкимлер тәрепинен жер участкаларын алып қойыў ҳаққында қарар қабыл етиў ушын усы аймақта жайласқан адам жасайтуғын ҳәм жасамайтуғын көшпес мүлк объектлери мүлк ийелериниң келисимин алыў және жер участкасының алып қойылыўы ақыбетинде жеткерилген зыянды қаплаў бойынша жазба түрде келисим дүзиў.
Жер участкаларының нызамсыз түрде алып қойылғанлығы мүнәсибети менен мүлк ийелерине зыян жеткерилгенлиги ушын лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин күшейтиў бойынша Нызам жойбары ислеп шығылады.
Усы тәртип бийликте көрсетилген жер участкаларын алып қойыў ҳәм мүлк ийелерине жеткерилген зыянларды қаплаў тәртибин белгилейтуғын Ҳүкимет қарарының қабыл етилгенге шекем әмел етеди.
ӨзА