Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 30-июль күни «Жанылғы-энергетика ресурсларының баҳалары ҳәм тарифлерин өзгертиў ҳаққында»ғы №633-санлы қарарына қол қойылған, деп хабар береди kun.uz.

Оған бола, 15-августтан баслап:

Аи-80 маркалы автомобиль бензининиң усақлап сатыў баҳасы – бир литри ушын 4500 (4000 сум еди);

Дизель жанылғысын усақлап сатыў баҳасы – бир литри ушын 5400 сум (4800 сум еди);

ЭКО дизель жанылғысының усақлап сатыў баҳасы – бир литри ушын 5700 (4900 сум еди) етип белгиленбекте.

Сондай-ақ, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын белгиленген тарифлер ҳәм баҳалар да арттырылмақта.

ӨзА