Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Jaslar–keleshegimiz»  Мәмлекетлик бағдарламасы және Президентимиздиң 5 әҳмийетли басламасының орынланыўына бағдарланған бир қатар илажлар шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп Хожели районында усы бағдарда исленип атырған «жумыслар менен танысты.

Аймақта усы жылдың өткен дәўиринде бес жас исбилермен 980 миллион сумлық жеңиллетилген кредит пенен тәмийинленди. Соның ишинде, бағдарлама тийкарында «Jaslar–keleshegimiz» қоры Хожели районылық филиалынан жеңиллетилген 300 миллион сум кредит алып, исбилерменлик жумысын баслаған жеке тәртиптеги исбилермен Муҳаммед Жолдасов мебель ислеп шығарыў цехын ашты. Бул жерде 6 жас турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Жас исбилермен тәрепинен ислеп шығарылған мебельлер Хожели дийқан базарындағы арнаўлы дүкан арқалы сатылмақта. Және бир жас исбилермен Гүлноза Каримова болса филиал тәрепинен ажыратылған 700 миллион сум кредитке автомобильлерге техникалық хызмет көрсететуғын «Avto servis Xojeli» жуўапкершилиги шекленген шөлкемин дүзди. Бүгинги күнде бул жерде  20 жас турақлы жумыс бенен тәмийинленди.

*           *         *

Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филалы жанындағы академиялық лицейде «IT» бағдары бойынша шеберлик сабағы өткерилди. Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебинде жаслар дөретиўшилиги көргизбеси шөлкемлестирилди. Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық кеңеси тәрепинен «Өнермент» асоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте шөлкемлестирилген көргизбеде 80 белсенди ҳәм қәбилетли жигит-қызлардың өнимлериниң презентациясы өткерилди.

*           *         *

Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Жас китапқумар» таңлаўының мәмлекетлик басқышының жеңимпазы Нурсулыў Қоқанованың қатнасыўында китапқумарлыққа арналған дөгерек сәўбети өткерилди.

Илаж қатнасыўшылары аймақтағы исбилерменлик субъектлери, ғалаба хабар қураллары және әскерий бөлимлерде де болды.

Сондай-ақ, илажлар шеңберинде Арқа-батыс әскерий округи әскерий бөлимлериниң «Амир Темур избасарлары», «Әдалат», «Тынышлық сақшысы» командалары, Ишки ислер министрлиги қарамағындағы әскерий бөлимниң «Лашын», Миллий Гвардияға қараслы әскерий бөлимниң «Жас гвардияшылар», Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери әскерий бөлиминиң «Шегара» және Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының «Бажыханашылар» командалары өз-ара күш сынасты. Қызғын пикир таласларға бай болған «Билимданлар аренасы»нда әдебият, көркем өнер, тәрийх пәнлеринен логикалық сораўлар ортаға тасланып, командалардың билими сынақтан өткерилди.

Жеңимпаз ҳәм белсене қатнасқан командаларға диплом, естелик саўғалар тапсырылды.

Нөкис қаласы «Жолшылар» мәкан пуқаралар жыйынында мини-футбол бойынша «Жаслар кубоги» болып өтти. Жарыс жуўмағында Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының «Жаслар» командасы биринши, Нөкис қаласындағы «Саманбай» мәкан пуқаралар жыйынының «Дослық» командасы екинши, Самарқанд ветеринариялық медицина институты Нөкис филиалының «СамВМИ» командасы үшинши орынды ийеледи.

Даўыт Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы