Хабар бергенимиздей, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Беларусь Республикасына рәсмий сапары шеңберинде Минскте Өзбекстан – Беларусь аймақлараралық форумы өткерилмекте.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги баспасөз хызметиниң ӨзАға берген мағлыўматына қарағанда, форумда Өзбекстан – Беларусь Аўыл хожалығы министрликлери жанындағы Аўыл хожалығы егинлериниң сортларын сынаў орайлары тәрепинен 2019-2020-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў жойбарына қол қойылмақта.

Соңғы жылларда еки мәмлекет арасындағы байланыслар жедел раўажланып бармақта. Өткен жылдың жуўмақлары бойынша Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы товар айланысы 20 процентке өскен. Аймақлараралық бирге ислесиўдиң жақсы жолға қойылғаны тараўда усы сыяқлы нәтийжелерге ерисиўде әҳмийетли фактор болып атырғаны айрықша атап өтилди.

photo_2019-07-29_19-14-58.jpg

Форум өз жумысын үш секцияға бөлинген ҳалда алып бармақта. Соның ишинде, санаат кооперациясы тараўындағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, агросанаат комплекси, азық-аўқат санааты ҳәм қәўипсизлигине байланыслы бирге ислесиў перспективалары сыяқлы мәселелер додаланбақта.

Форум соңында еки тәреп арасында бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.

А.Мусаев,ӨзА