Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий ҳәм инновациялық ислери бойынша проректорларынан ибарат делегация бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде Беларусь Республикасының жетекши техника университетинде болды.

Мийманлар Беларусь Миллий техника университети жанындағы илимий-изертлеў лабораториялары, инновациялық плазмалы ҳәм лазер технологиялары, сондай-ақ, «Политехникалық» илимий-технологиялық парки менен жақыннан танысты.

Беларусь Миллий техника университети базасында қәлиплестирилетуғын оқыў мәкемесинде өзбекстанлы студент-жаслар қәнигелигин арттырыў менен бирге билим алыўды даўам еттириў имканиятына ийе болады. Онда инженер кадрларды таярлаў «2+2» түринде әмелге асырылады.

Жаслар еки жыл даўамында өз еллеринде оқып, улыўма билимлендириў предметлерин өзлестиреди. Буннан кейин қәнигелик бойынша билим алыўды бизлердиң университетте даўам еттиреди ҳәм диплом алады. Жоқары билимлендириўден кейинги басқышлар да қамтып алынады», деп атап өткен Беларусь Миллий техника университетиниң проректоры Александр Маляревич.

Сондай-ақ, быйыл 1-сентябрьден баслап Беларусь – Өзбекстан тараўлараралық әмелий-техникалық қәнигелик институтына бирден-бир бағдарлама тийкарында студентлер қабыл етиледи.

Беларусь илимпазы Игорь Ганчеренконың билдириўинше, Өзбекстан менен биргеликте тек ғана автомобиль қурылысы, трактор қурылысы, кәншилик, қуйыў-өндириси бағдарлары емес, ал цифрлы экономика, роботластырыў ҳәм басқа да бир қатар перспективалы тараўлар бойынша кадрларды таярлаў режелестирилген, деп хабар береди «БелТА» мәлимлеме агентлиги.

ӨзА