Шавкат Мирзиёев Ақдәрья районындағы «Pure milk Oqdaryo»  фермер хожалығында болып, тәжирийбели дийқанлар менен  сәўбетлести.

-Қалайынша адамлардың дәраматларын арттырамыз, деген сораў мени ҳәр күни қыйнайды. Оның ушын ҳәр бир аймақ, ҳәр бир тараўда имканиятлар бар. Аўыл хожалығына – жаңа технологияларды енгизип, өнимдарлықты арттырыў, шийки затты қайта ислеў. Қайта ислеў болса, дәрамат, жумыс орны көбейеди,-деди Президент.

Пахташылық ҳәм шарўашылыққа қәнигелестирилген бул фермер хожалығының майданы 1 мың 360 гектар. Ғаўашаны тамшылатып суўғарыў енгизилген.

Мәмлекет басшысы қалған хожалық ҳәм кластерлердиң жерин де тамшылатып суўғарыўға өткериў, өнимдарлығы төмен жерлерде ғәллени қысқартып, дәраматы оннан жоқары болған мийўе-овощларды егиў, фермер ҳәм кластерлер ушын минитехнологияларды жеткерип бериў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА