Пүткил республикада ислеп турған газ есаплағышларды электрон газ есаплағышларға алмастырыў режелестирилген. minbar.uz дың хабарына бола, 3,4 млн.ға шамалас жаңа электрон есаплағышларды ислеп шығарыўға буйыртпаны «Artel» компаниясы алыўы мүмкин.

«Өзтрансгаз» АЖ жуўапкерлериниң 24-июльдеги брифингте айтыўынша, электрон есаплағышларды ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша Artel компаниясы менен сөйлесиўлер алып барылмақта.

Газ есаплағышлар 3,4 миллион тутыныўшыға «Өзтрансгаз» қаржылары есабынан орнатылады.

Бул жумыслар басқышпа-басқыш әмелге асырылып, биринши басқышта Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаяты қамтып алынады.

«Өзтрансгаз» АЖ баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, электрон есаплағышлар тәбийғый газ есабы ҳәм қадағалаўының автоматластырылған тәртибин (АСКУГ системасы) енгизиў шеңберинде орнатылмақта.

Жаңа системада табийғый газди ислеп шығарыўшы кәрханалардан тутыныўшыға шекемги болған есабы ҳәм қадағалаў жумыслары 5 басқыштан ибарат.

Дәслепки басқышларда ислеп шығарыўшы кәрханалар ҳәм магистрал газ қубырлары басқармаларының бөлиниў шегаралары, газди бөлистириў станциялары және ўәлаят газ филиалларының жоқары басымлы газ қубырлары шегарасына заманагөй электрон есаплағышлар орнатылып, мағлыўматлар онлайн режимде диспетчерлик хызметлерине узатылады.

3-басқышта болса районлараралық бөлиниў орынларына заманагөй электрон есаплағышлар орнатылып, ҳәр бир район ҳәм қалаға кирип киятырған газдиң анық есабы алып барылады.

Системаның 4-басқышы ири санаат кәрханаларына заманагөй электрон есаплағышларды орнатыў арқалы онлайн шараятында қадағалаўға қаратылған.

Жуўмақлаўшы 5-басқышында болса шаңарақларға заманагөй электрон есаплағышлар орнатылып, олардың барлығын бирден-бир «Биллинг» системасына жалғаў нәзерде тутылады.

Автоматласқан системадан ибарат бул жойбар иске түсиўи менен ислеп шығарыўшыдан тутыныўшыға шекем жеткерилген табийғый газ есабы реал ўақыт режиминде жоқары анықлықта жүргизиледи ҳәм процессте инсан факторы қысқарады.

ӨзА