Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигинде «ATR» француз-италян авиаконцерниниң Россия Федерациясы ҳәм Орайлық Азияда саўдалар бойынша вице-президенти Жером Габори басшылығындағы делегация менен ушырасыў болып өтти. Бул ҳаққында министрликтиң мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Сырт елли бирге ислесиўшилер «ATR» компаниясының өнимлер презентациясын өткерди, атап айтқанда, «ATR Aircraft» компаниясының маркетинг бойынша менеджери Анджули Девилд «ATR 72-600» регионаллық самолётының техникалық параметрлери ҳәм экономикалық көрсеткишлери бойынша толық мағлыўматларды усыныс етти. Сондай-ақ, усы түрдеги ҳаўа кемелери жанылғыны жумсаўда үнемли екенлигин айрықша атап өтти.

Сөйлесиўлер жуўмағында «ATR» компаниясы тәрепинен шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылып атырған бирге ислесиўдиң экономикалық түсиниклери, техникалық тәреплери, соның ишинде, ушыўшы қурам ҳәм техникалық хызметкерлерди оқытыў, сондай-ақ, аўысық бөлеклерди жеткерип бериў және техникалық хызмет көрсетиўди өз ишине алған толық усыныслардың таярланыўы ҳаққында келисимге ерисилди.

ӨзА