Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 28 жыллық байрамы барған сайын жақынласпақта. Усындай күнлерде мәмлекетимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы жолында пидайылық пенен мийнет еткен инсанлар, олардың әмелге асырған ийгиликли ислери ядқа түседи. Мәмлекеттиң ғәрезсизлигин тәмийинлеўде, Өзбекстанның еркин раўажланыў жолындағы исенимли умтылысында жүдә үлкен үлес қосқан инсанлардан бири, әлбетте, Журтбасшымыз Шавкат Мирзиёев болып есапланады.

Төменде бул инсанды жақсы билген, белгили бир жылларда бирге ислескен айырым жерлеслеримиздиң пикирлери менен қызықтық.

Оқил САЛИМОВ, Өзбекстан илим ғайраткери, академик:

Oqil Umurzoqovich3.jpg

– 1987-жылы мен ирригация институтының ректоры лаўазымына тайынландым. Сол ўақытлары Шавкат Миромонович институттың партия комитетинде басшы лаўазымында ислейтуғын еди.

Бул инсанның сол ўақыттың өзинде-ақ жоқары билимлендириў ҳәм жасларды тәрбиялаў системасындағы машқалаларды терең түсинетуғын қәбилетли қәниге екенлигин аңлаў қыйын емес еди.

…Бир күни ол сондай усыныс пенен кирген еди: «Институттың потенциалын көтериў, илимий потенциалын кескин раўажландырыў керек». Буның ушын нелерди әмелге асырыў керек екенлигин бирме-бир санап кетти.

Сол ўақытлары бул айтылған реформаларды әмелге асырыўдың улыўма имканы да илажы да жоқ еди. Бирақ…Шавкат Мирзиёев айтқанларының барлығын әмелге асырып дәлилледи. Сол ўақытларда Ирригация институты белгили дәрежеде мәмлекеттеги жетекши илим орайына айланған еди.

Буның ушын не иследи?..

Шавкат Мирзиёев жәмәәтте институттың биринши дәрежели – жоқары билимлендириў дәргайына жоқары маманлықтағы оқытыўшыларды тартыў, илимий-әмелий лабораторияларды, кафедраларды шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпаларды айқын көрсетип бере алды. Сол ўақытта күн тәртибинде тийкарынан институтқа ең қәбилетли жасларды тартыў, олардың улыўмалық мәдениятын раўажландырыў, институттың илимий потенциалын раўажландырыў мәселеси туратуғын еди.

Усы мақсетте институт жанында мектеп шөлкемлестирилди. Ең қәбилетли жаслар таңлап алынып, усы мектепте оқытылатуғын еди. Олар институттың аудиториялары ҳәм устаханаларында билим алып, сол ўақыттың өзинде-ақ жоқары билимлендириўдиң тәжирийбесин өзлестиргенлигин атап өтиў керек.

Соңын ала бул мектеп көплеген қәбилетли жигит-қызларды таярлаған лицейге айланды.

Студентлер ҳәм оқытыўшыларға медициналық хызмет көрсетиў айрықша  әҳмийетке ийе болып турған еди. Бул мәселени шешиў ушын барлық керекли қәниге ҳәм үскенелер, соның ишинде, рентген бөлмесине ийе болған институттың поликлиникасы шөлкемлестирилди. Усы тақылетте институттың аймағынан шықпаған ҳалда студент ҳәм оқытыўшыларға  сапалы медициналық хызмет көрсетиў мәселеси шешилди. Ҳәттеки тутас аймақлардың турғынларыда бизиң шыпакерлерге мүрәжат етиўди абзал көретуғын еди.

Сондай-ақ, спортты раўажландырыўға да үлкен итибар қаратылған, атап айтқанда, футбол, волейбол, бокс, гүрес майданлары ҳәм ринглери және онлаған жүзиў бассейни қурылған еди. Бизиң студентлеримиз бир неше мәрте республикалық жарысларда сыйлы орынларды ийелеген еди.

Шавкат Миромонович барлық ўақытта оқытыўшыларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳаққында ойлаған. Институт жанында 3 дүкан ислеп турған, ол жерде институт хызметкерлери жеңиллетилген баҳаларда керекли затларды сатып алған. Буған институттың ири колхоз ҳәм совхозлар менен тиккелей шәртнамалар тийкарында байланыс орнатқаны имканият жаратты. Сондай-ақ,  өнимлердиң тәмийнатына институттың Ташкент ўәлаятындағы өз егин майданларына ҳәм сүт фермасына ийе оқыў хожалығыда үлкен үлес қосатуғын еди. Өнимлердиң бир бөлеги, атап айтқанда, гүриш, қум шекер, овощлар ўақты менен кәсиплик аўқамлар комитети тәрепинен бийпул тарқатылатуғын еди.

Студентлерди тәрбиялаўда оқытыўшының сыртқы көриниси де әҳмийетли орын тутады, соның ушын «Жулдыз» тигиў фабрикасында кийимлердиң тигилиўи жолға қойылған ҳәм жылына еки мәрте олар ең жақсы лекторларға сыйлық сыпатында берилген.

Бул дәўирде колхоз ҳәм совхозларды фермер хожалықлары етип қайта шөлкемлестириў мәселеси шешилиў процесинде еди. Соның ушын институтта фермерлерди таярлаў ушын арнаўлы оқыў бағдарламалары ислеп шығылған еди. Бул имканияттан институттың толық оқыў курсын өзлестире алмаған студентлер де пайдаланыў имканиятына ийе болды.

Турақлы түрде студентлерге улыўмалық ҳәм турмыслық мәденият, жәмийетте, жеке өмирде өзин тутыў ҳәм басқа да қағыйдаларды сиңдириў бойынша жумыслар алып барылды.

Сол ўақытлары да жас болыўына қарамастан, көп мәселелерде жоқары билимлендириў дәргайындағы жуўапкер хызметкерлерге қарағанда жақсы билимге ийе екенлиги шын мәнисинде ҳайран қалдырған. Мен де көпшилик қатары Шавкат Мирзиёевтиң узақты көре алатуғын қәбилет ийеси екенлигине әне сол дәўирлерде сезген едим. Бул инсан заманласларынан бир қанша алда жүрген еди.

Шавкат Миромоновичтиң усы сыяқлы әжайып пазыйлетлерин биз енди мәмлекет көлеминде әмелге асырып атырған реформалары мысалында көрип атырмыз.

Шуҳрат ЖАЛИЛОВ, Өзбекстан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураный» қоры басқармасының баслығы:

a1fcdf1d-0cef-4627-a249-4e1b2eb02fbd.jpg

Мен Шавкат Миромоновичти Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының студенти болған, жасларға жетекшилик еткен дәўирлеринен берли билемен. Студентлик дәўиринен соң да илим үйрениў, излениўде даўам етип, илимий хызметкер, илим кандидаты, институт проректоры дәрежелерине шекем көтерилди.

Ол 1992-жылы Ташкент қаласы Мырза Улуғбек районының ҳәкими лаўазымында жумыс баслаған ўақытларда республика «Мәҳәлле» қорының баслығы, Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасары болып ислегеним себепли, тез-тезден ушырасыў, әмелге асырған ийгиликли ислериниң гүўасы болыў имканиятына ийе болғанман. Район ҳәкими сыпатында бириншилерден болып «Мәҳәлле» қорын раўажландырыў усынысы менен шыққан еди. Ол райондағы 52 мәҳәллениң ҳәр бир ақсақалын жақсы таныйтуғын, жумысларынан хабардар, мәҳәллениң машқалаларын, имканиятларын, халықтың қыйыншылықларын жақсы билетуғын еди. Сол жыллары Мырза Улуғбек районының мәҳәллелери республикада бириншилерден болып инфраструктурасын өзгерткен еди. Ишки жолларды асфальтлаў, саўда-тутыныў шақапшаларын қурыў, көшелерди абаданластырыў бағдарында нәтийжели өзгерислер болған еди.

Соныда айтып өтиў керек, Ташкентте азық-аўқатлар, әсиресе, сүт өнимлери оғада жетиспейтуғын еди. Шавкат Миромонович сүтти қоңсы Сырдәрья ўәлаятынан алып келип, халықтың талабын қанаатландыратуғын еди. Бул жумысты орынбасарларына жүклеп, ҳәр күни олардың жумысын қадағалайтуғын еди. Улыўма айтқанда, Президентимиз мәҳәллени мәмлекет ҳәм халық арасындағы көпир, таяныш структура сыпатында көрген еди. Итибар берсек, ақырғы еки ярым жылда мәҳәллелердиң жумысын жетилистириў, материаллық-техникалық, руўхый  жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша қаншадан-қанша жумыслар исленди. Бул жумыслардың негизи сол дәўирлерде басланған еди, десем асыра айтқан болмайман.

Шавкат Миромоновичтиң турақлы түрде итибарының орайында болған тараўлардан бири спорт болған. Районда «Умид» деген тасландық, қайта оңлаў жағдайында болған футбол майданы бар еди. Желип-жуўырып, сол дәўирлерде бир қанша қыйын болған қаржы ажыратыў мәселелерин шешкен, стадионды қайта оңлатып, жасларды спортқа тартыў бойынша бир қанша ислерди әмелге асырған. Бир районның өзинде жоқары лигада ойнайтуғын еки футбол клубы бар еди: «ЦСК» ҳәм «Трактор». Әсиресе «Трактор» клубы жүдә жақсы нәтийжелерге еристи, клуб стадионының жанында үлкен бассейн қурылып, жасларға хызмет еткен. Бул ислерди әмелге асырыў сол дәўирде аңсат болмаған, әлбетте. Мине бүгинги күнде Президентимиздиң жаслар ушын алға қойған 5 әҳмийетли басламасының екиншиси жасларды физикалық жақтан шынықтырыў, олардың спорт тараўында қәбилетин көрсетиў ушын зәрүр шараятларды жаратыўға бағдарланғаны да бул жумыслардың тамыры қаншелли терең екенлигинен дәрек береди.

Шавкат Миромонович сол дәўирлерде де оғада кемтарлық турмыс тәризине ийе еди. «РАФ» маркалы машинада мәҳәлле ақсақаллары менен

жүрип, орынларға барып машқалаларды үйренетуғын еди. Мәҳәлле ақсақалларының жумыс ислеўи ушын шараятлар, сол дәўирде  болған еки адамлық машиналар менен тәмийинлеп, оларды қайғыратуғын еди.

Райондағы Қодиров атындағы өтиўге қолайсыз, бекитилген, тасланды көшени абаданластырып, асфальтлап. абат көшелерден бирине айланыўына бас болғаны да ядымда. Бул ислердиң даўамлылылғын ҳәзирги күнде де көрип атырмыз, барлық аймақлардағы мәҳәллелердиң абырайы жақсыланбақта. «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары арқалы мәмлекет жаңа көриниске кирмекте. Олардың шараятлары, таза тегис көшелери бир-биринен қалыспайды. Және бир нәрсени айрықша атап өтиўим керек, Шавкат Миромонович қайсы аймақта басшы болмасын, сол жердеги қойымшылықларды абат етип, таза сақлаўға айрықша итибар қарататуғын еди.

Район өзине тән «округлер»ге бөлип басқарылатуғын, жумыслардың тиккелей қадағаланыўы болса ҳәкимниң жуўапкершилигинде еди. «Округлер» бүгинги күнге келип секторларға айланды, олар тиккелей жуўапкерлерге бириктирилип, жумысы қадағаланады. Бир ўақытларда Мырза Улуғбек районында жолға қойылған тәжирийбе бүгинги күнде пүткил республикаға енгизилип, өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Шавкат Миромоновичтен кемтарлық, жуўапкершилик бойынша барлық басшылар өрнек алыўымыз керек. Ол шығып сөйлеўлеринде тез-тез «Аяқларыңыз жерден үзилмесин!», «Қандай жумыс ислесеңде, бәринен бурын, халық мәпинен келип исле!», «Ҳақыйқый баҳаны халық береди», «Қол шаппатлаўлар, ура-урашылық керек емес!» сыяқлы шақырықларды айтыўы тегиннен емес. Ядымда, сол ўақытлары Шавкат Миромонович институттың проректоры, депутат болса да, шаңарағы менен еки ханалы турақ жайда ижарада туратуғын еди. Илим жолында излениўлер, диссертация жазыў машақатлары әне сондай қыйын жағдайда болған. Пайтахтымыздың Мырза Улуғбек районына ҳәким болғаннан кейин ғана оған турақ жай берилген. Бул да аңсат болмаған. Сол ўақытлары турақ жай алыў да жүдә аўыр, турақ жай бериўши жуўапкерлердиң асығы алшы, өзин жоқары сезген ўақытлар еди.

Шавкат Миромоновичке турақ жай берилсе де, оны аламан дегенше бир қанша жуўырыўлар, әўерегершиликлер болған. Енди қараң, сол әўерегершиликлерге себепши болып, тәшиўишлерин көбейткен ҳаял Шавкат Миромонович районда ҳәким сыпатында жумыс баслаған ўақытта оны танып, уялып  қалған. Ҳаял жаңа ҳәкимниң алдына кирип кеширим сораған, жумыстан босайжақ екенлигин айтқан. Сонда Шавкат Миромонович кек сақламай, қәтеңизди аңлаған болсаңыз, ислейбериң, басқа бундай ислемесеңиз болды, сыяқлы сөзлерди айтқан. Ол кемтар, жуўапкершиликли болыўы менен бирге, кеширимли де. Өзи де қайта-қайта «Барлық нәрсени кешириўим мүмкин, тек ғана қыянетти кеширмеймен» деп айтады.

Районның ҳәкими болған ўақытларында абаданластырыў тараўында ислейтуғын хызметкерлер менен тез-тез ушырасатуғын еди. Айлық мийнет ҳақысы аз, бирақ жумысы аўыр болған бул инсанлардың мийнети себепли қаламыз таза. Сол себепли, жумысшыларға көбирек шараятлар жаратып, аўҳалынан хабар алыўды тоқтатпайтуғын еди.

Мен ҳәммениң машқалаларын тап өзиниң тәшўишиндей қабыл ететуғын, кемтар, жуўапкершиликли, ҳәрекетшең, халықтың дәртинде өзиниң тынышлығын умытқан инсан Шавкат Миромоновичтан барлық басшылардың өрнек алыўын қәлер едим.

Абдулла ҚАРШИБОЕВ, Өзбекстан майыплар жәмийети Жиззақ ўәлаяты бөлиминиң баслығы:

5.jpg

– Барлық заманларда мәмлекетте әмелге асырылған өзгерислер, бәринен бурын, қурылыслар, имаратлар, объектлер менен өлшенеди. Әўладлар ата-бабалар тәрепинен қурылған имаратлар, объектлерге қарап өткен дәўирди үйренген, баҳа берген. Буған дүньяның мәмлекетлери сыяқлы Ўатанымыздың тарийхында да мысаллар көп.

Мен де сексен бес жыллық өмирим даўамында Ўатанымыздың тарийхына байланыслы көплеген үлкен ислерге қатнасыўшы, гүўа болдым. Жаслардан айырмашылығымыз, биз кекселер бүгинги ислерге өтмиште көргенлеримиз бенен салыстырып, турмыслық тәжирийбеге сүйенип тийкарланып баҳа беремиз. Көргенлеримнен, билгенлеримнен жуўмақ шығарып, мәмлекетимиз ғәрезсизлик дәўириниң соңғы еки жылы Ўатанымыз тарийхында нурлы бетлер болып қалады, деп исеним менен айта аламан.

Шавкат Миромонович Жиззақ ўәлаятының ҳәкими болып ислеген 1996-2001-жылларда аңсат дәўирлер емес еди. Еле ески көзқараслар, әдетлердиң күшлилигинен мәмлекетшилигимиздиң тийкарын жаратыў, жаңа нызамларды турмысқа енгизиў аңсат болмаған еди. Оның үстине ески системадан қалған хожалық жүргизиў, социаллық инфрасистема изден шыққан еди.

Сонда Президентимиздиң жас болса да, адамлар менен тил табыса алыўы, жәмәәтти басқарыў таланты, жумыс ислеў уқыбы толық көринген еди.Бәринен бурын үлкен тәжирийбеге ийе нураныйлардан, қәнигелерден жумысшы топар дүзип, барлық машқалаларды орнында шешиўди жолға қойды. Нәтийжеде дерлик , өзи боладылыққа түсип қалған аўыл хожалығы басқарыўынд, халыққа хызмет көрсетиўде зәрүр тәртип орнатылды, белсендилер бирлести.

Сол жылларда ең жаман жағдайға түсип қалған Жиззақтан Сирдәрья ҳәм Самарқанд ўәлаяты аймағына шекем болған орайлық автотрасса реконструкциядан шығарылды. Жиззақ қаласы орайында 5 тоғыз қабатлы турақ жай, Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық институты, аўыр жағдайдағы мектеп ҳәм емлеўханалардың имаратлары қайта оңланыўы адамларда ўәлаят басшысына исеним оятты.

Бүгин оғада ылғаллы дәўирде жасап атырмыз. Буннан жигирма жыл алдыңғы жумысларды бүгинги өзгерислер менен салыстырып болмайды. Өзгерислер оғада үлкен, көлеми кең. Олар барлық тараўда – Экономикада да социаллық тараўларда да сол дәрежеде жоқары пәтлерде әмелге асырылмақта, гейде барлығын ой-санамызға сиңдириў, санап шығыў қыйын.

Президентимиз 2017-жылдың  басында Жиззақ ўәлаятына еткен сапары даўамында ўәлаяттың белсендилери, биз, мийнет ветеранлары менен ушырасыўларда аймақты экономикалық, социаллық раўажландырыўдағы жағдайдан наразылығын билдирген, әмелге асырылатуғын ўазыйпаларды, мүддетлерин анық белгилеп берген еди.Соннан кейиги өзгерислер болса оғада тез әмелге асты.

Атап айтқанда, Жиззақ қаласы пүткил гөззал көриниске кирди. Қысқа ўақытта әмелге асырылған бул қурылыс шынында да ертектей болды. Буннан мен қуўанаман. Буннан ҳәмме қуўанады.

Мен және өзимниң туўылып өскен районым – Форишта болып атырған өзгерислерден және қуўанып атырман. Ўәлаят аймағының ярымынан асламын ийелеген районда буннан тек ғана еки жыл бурын бирде бир санаат кәрханасы жоқ еди. Бүгин бул жерде тасты еритип, оннан темирдиң орнын басатуғын базальт талшығын ислеп шығаратуғын Орайлық Азияда бирден-бир есапланған «Мега инвест индастриал» Өзбекстан – Уллы Британия қоспа кәрханасы өз өнимлерин сырт елге экспортқа шығармақта. Президентимиздиң жеке басламасы ҳәм тапсырмасы менен «Караман» суў сақлағышы қурылып, 50 мың гектарда суўлы жер ашылып атыр.

Ўәлаятымыздың басқа аймақларында буннан да үлкен өзгерислер жүз бермекте. Әсиресе, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында қайтадан қурылған Дослық районындағы Манас аўылы, Мырзашөл районының орайы – Гагарин қаласы тек ғана жерлеслеримизге емес, алыс-жақын қоңсы мәмлекетлердиң пуқараларында да ҳәўес  оятпақта.

Мен Мырзашөлде он жыл районлық атқарыў комитетиниң баслығы болып иследим. Соның ушын үлкен-киши мерекелерге шақырғанда барып тураман. Бул жерде тек ғана жети айда исленген жумысларды көрип, ҳәм ҳайран қаламан ҳәм қуўанаман.

Бүгин ўәлаяттың барлық район орайлары сондай болып жаңаланып атыр. Булар өзгерислердиң сыртқы көриниси. Ең үлкен өзгерис адамлардың турмысында, олардың кеўлинде кешип атыр. Мен жигирма жылдан аслам майыплар жәмийетиниң ўәлаятлық бөлимине басшылық етип киятырған адам сыпатында бүгин мәмлекетимиз басшысының мүтәж пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратып атырған итибары ҳәр бир ўатанласымыздың турмысында, олардың кеўлинен нелер өтип атырғанын жақсы билемен.

Бир ғана кейинги еки жылда ўәлаятта 20 мыңнан аслам социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларымыз жаңа турақ жайға ийе болды. Олардың 30 процентине турақ жайлар бийпул берилди. Мәмлекетимиз басшысының айрықша пәрманы менен майыпларды қоллап-қуўатлаў түп-тийкарынан жақсыланды.

Бул өзгерислердиң барлығын санап шығыў қыйын. Барлық тараў, пүткил турмысымыз, жәмийет өзгермекте. Сырт еллерге барып атырмыз. Кекселер бағ жаратып атыр, жаслар китап оқып атыр. Барлық өзгерислер, жаңаланыўлар адамларда Президентимизге, мәмлекетимиздиң әдил сиясатына исеним оятып атыр, Ўатанға, мәмлекет келешегине исеним беккемленип атыр.

Ҳасан НОРМУРОДОВ, «Нураный» қорының Самарқанд ўәлаяты бөлиминиң баслығы:

Hasan Normurodov4.JPG

-Мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен жанажан Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы жолында алып барылып атырған  көлеми оғада кең ҳәм пухта ойланған реформаларды көрип, буннан 16-17 жыл бурын Самарқандта әмелге асырылған өзгерислер, қурылыс ислери көз алдымнан өтеди.

Бүгинги халықшыл сиясат, дөретиўшилик жумыслары, басшылардың халық пенен ашық сөйлесиўлериниң дәслепки көринислери ўәлаятымызда сол дәўирлерде көрине баслағаны еске түседи. 2001-жыл сентябрь айында Самарқанд ўәлаятына бурын Жиззақ ўәлаятын басқарған Шавкат Мирзиёев ҳәким болып келди. Самарқанд аййемги тарийх ҳәм мәдениятқа, мәмлекетимиздиң экономикасы, мәдений-ағартыўшылық турмысында айрықша орынға ийе үлке. Бул жердиң тәрезиде тасы басқа жерлерге қарағанда басым.

Әне сондай уллы жерге күш-жигери қайнап турған жас басшының қойылыўы, бәринен бурын оған билдирилген үлкен исеним еди. Президентимиз болса бул исенимди қысқа ўақыт ишинде өзиниң мийнети, халыққа меҳир-мүриўбети, адамлардың кеўлине жол таўып, оларды өзиниң изинен ерте алғаны менен ақлады.

Самарқандқа ҳәким болғаннан кейин, ол гезек пенен ҳәр бир район, қалаға барып, сол жерлеги шараятты үйренди. Басшылардың есапларын тыңлаў менен қанаатланбай, әпиўайы адамлардың арасына кириўге, олардың дәртлерин-тәшўишлерин тыңлаўға ҳәрекет етти. Ўәлаят ҳәкими қайсы районға барса, бәринен бурын аўылларды, алыс аймақларды айланып, халықтың турмыс дәрежеси менен танысатуғын, мектеплер ҳәм медициналық мәкемелерди барып көретуғын еди. Ол жерлерге барыўын алдыннан режелестирилмейтуғын, басшыларға айтпайтуғын еди. Бағдарды Шавкат Миромоновичтиң өзи таңлайтуғын еди. Басшының келиўине ҳеш қандай таярлық көрилмеген жерлердеги бар жағдай ҳәм кемшилик анық көринетуғыны тәбийғый еди.

Соннан кейин районның белсендилери менен ушырасыўлар өткерилетуғын еди. Бул ушырасыўлар да район орайы ямаса ҳәкимликлерде емес, ал машқалалары көп алыс аўылларда, дала шертеклеринде шөлкемлестирилетуғын еди (тап ҳәзирде мәмлекетимиз басшысының ўәлаятларға еткен сапары даўамында ең алыс районларды таңлағанындай). Ҳәр бир мәселе ўәлаяттағы басқарма ҳәм уйымлардың басшылары, жуўапкерлердиң қатнасыўында орнында додаланып, машқалалар сол жердиң өзинде сапластырылатуғын еди.

Ўәлаят ҳәкими ҳеш бир жерге босқа барып келмейтуғын еди. Қандайда бир аймаққа барғанынан, адамлар менен ушырасқанынан соң, әлбетте халықтың турмысында қандайда бир өзгерис болатуғын, жол ма, көпир ме, мектеп ямаса спорт объектиниң бе қурылысы басланатуғын еди.

Берген кимге жақпайды, ўәлаят ҳәкими адамлар менен жүзбе-жүз сөйлесип, қандай машқалаңыз бар, деп турса, ҳәмме де өз дәртин айтады да. Және сол ўақытта ҳәкимлердиң ықтыярында ҳәзиргидей миллиард-миллиард пул жоқ, жергиликли бюджетке берилетуғын ҳәр бир сум есаплы еди. Мектеп ямаса емлеўхана, жол ҳәм басқа да коммуникация тармақларын қурыў, оңлаў ушын жыллық бағдарламаларға усыныслар берилетуғын, бул жумыслар кейинги жылларда әмелге асатуғын еди. Әне, сондай шараятта Шавкат Мирзиёев ўәлаяттың ишки имканиятларынан келип шығып, қаржы табыўға ҳәрет ететуғын, адамлардың, төменги система басшыларының машқалаларын тыңлап, оларға ўәде берди ме, бул жумысларды әлбетте орынлайтуғын еди. Республикамызда биринши мәрте Самарқандта қурылған, кейин ала мәмлекет бойлап ғалаба ен жайып кеткен жаслар орайы да ўәлаят ҳәкиминиң жеке басламасы менен, мәмлекет бюджетинен қаржы ажыратылмаған ҳалда қурылған.

Бүгинде ўәлаятымыздың ҳәр бир қала ҳәм аўылына барсаңыз, адамлар «Президентимиз Самарқандқа ҳәким болған ўақытларда қурылған», деп көрсететуғын имарат ҳәм объектлер жүдә көп. Яки болмаса оның басламасы менен сапластырылған машқала ҳәм мәселелерди санап, миннетдаршылықларын айтады.

Әсиресе, Ургут районының Камангарон ҳәм Вағашти аўылларының турғынлары ҳүрметли Шавкат Миромоновичтиң ақыл менен қабыл етилген қарары еки қоңсы мәҳәлле арасындағы бурыннан киятырған келиспеўшиликке тыйым салынғанын миннетдар болып еске алады.

Ургуттың таўлы ҳәм шөл аймағы болған бул аўыллар ушын суў ең үлкен машқала есапланады. Бир салмадан суў ишетуғын еки аўыл адамлары арасында бул мәселеде көп жәнжеллер келип шығып, усы келиспеўшиликлерге жергиликли басшылар. ҳуқық-қорғаў уйымлары да шешим таба алмаған еди. Шешим дегенимиз, үлкен жумыс ислеў емес, адамлардың арасына кирип, олар менен шын  кеўилден сөйлесиў, еки тәрепти тыңлаў да қолларынан келмеген. Шавкат Миромонович буннан хабар тапқаннан соң, жеке өзи барып, адамлар менен сөйлесиўге қарар етти. Жақсы еслеймен, ҳәкимниң қасындағы адамлар оны бармаўға шақырып, мәселениң шешими аўыр екенлигин де айтқан. Бирақ ол бул гәплерге итибар бермей, бир-бири менен жаўласыўға таяр турған адамлар арасына барды.

«Бизиң мәселемизди Президент келип көрсин, бизге суў әкелип берсин», деп турған адамларға қарап «Усы ўәлаяттың ҳәкими мен, сизиң мәселеңизге де мен жуўапкермен, егер машқалаға шешим табалмасақ, кейин жоқарыға мүрәжат етемиз», деп оларды тынышландырды. Еки аўыл ўәкиллериниң арзын тыңлап, өз пикирлерин баян етти.  Аймақ турғынларын суў менен тәмийинлеў ушын Камангарон суў сақлағышы қурылатуғын болды. Соның менен аўыл арасындағы бурыннан киятырған келиспеўшиликке тыйым салынды.

Сол ўақытларда да ветеранларды социаллық жақтан қорғайтуғын «Нураный» қоры болса да, оның жумысы көп сезилмейтуғын еди. Қордың ўәлаятлық бөлими қайсыдур бир шөлкемниң имаратында еки ханасында туратуғын, районлық, қалалық  бөлимлери де атына ғана жумыс ислейтуғын еди. Әне сондай ўақытта Шавкат Миромоновичтиң басламасы менен «Нураный» ҳәм «Мәҳәлле» қорларының ўәлаятлық бөлимлери ушын жаңа имарат қурып берилди. Бул тек ғана бизге шараят жаратыў ушын емес, ал ўәлаяттың социаллық-экономикалық, мәдений-ағартыўшылық турмысында, ҳәр бир процессте нураныйлардың. ақсақаллардың өз орны болыўы керек екенлиги ушын әмелге асырылған ис еди. Өйткени ўәлаят ҳәкими көп мәселелерде, әсиресе, шаңарақларды беккемлеў, халқымыздың арасында руўхый үгит-нәсиятлаў жумсларын күшейтиў. жаслардың тәлим-тәрбиясында ақсақаллардың пикирине сүйенетуғын, бул бағдарда олар менен кеңесип жумыс ислейтуғын еди. Сол ўақытта ўәлаятымыздағы белсенди нураныйлар. ақсақаллар, зиялылардан ибарат бир неше жәмийетшилик топарларының, кеңеслериниң дүзилиўиниң себеби де сол еди. Бул ийгиликли ҳәрекетлер өз нәтийжесин бергенине гүўамыз.

Соның ушын да бүгин Президентимиздиң мәмлекет көлеминде нураныйларға көрсетип атырған итибары, жасларға болған ғамхорлығы, мәҳәлле, ҳаял-қызлар комитетлери ҳәм басқа да жәмийетлик шөлкемлердиң жәмийеттеги, турмысымыздағы орнын ҳәм әҳмийетин арттырыўға қаратылған реформаларын қоллап-қуўатлап, бул ислер, әлбетте, өз нәтийжесин беретуғынына исенемиз.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз бойлап кеңнен ғалаба ен жайып атырған турмыслық бес әҳмийетли баслама да әне сол ийгиликли ислердиң жемиси деп билемиз.

ӨзА