Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында «Өзбекстан Республикасында нотариат системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары хаққында»ғы Президент пәрманының жойбары додалаў ушын жәрияланды.

Жойбардан белгили болыўынша, 2019-жыл 1-октябрьден баслап жақын туўысқанлар арасында транспорт қуралынан пайдаланыўда нотариаллық тастыйықланыўы шәрт болған исеним хатының бийкар етилиўи белгиленген.

Егер усы пәрман жойбарына рәсмий түрде қол қойылатуғын болса, 2019-жыл 1-октябрьден баслап машина айдаў ушын жақын туўысқанларды(ата-ана, ерли-зайып, балалар, аға-ини, апа-қарындаслар) қамсызландырыў полисинде көрсетиўдиң өзи жеткиликли болады, нотариустан исеним хатын алыў шәрт болмайды.

Еслетип өтемиз, усы пәрман жойбарын додалаў 4-августқа шекем даўам етеди.

ӨзА