Айдың белгили бир дәрежеде тутылыўы 16-июльдан 17-июльға өтер түнде жүз береди. Бул ҳаққында Өзбекстан Илимлер Академиясы хабар берди.

Айдың тутылыўы дүнья ўақты менен саат 21:31 де басланады. Елимизде бул ҳәдийсе 17-июль күни түнги саат 02:31 де бақланады.

Мағлыўматларға қарағанда, Ай тутылыўын елимиздиң барлық аймақларында бақлаў мүмкин. Ай жергиликли ўақыт пенен 16-июль күни саат 23:42 де ярым саяға кире баслайды, 17-июль күни түнги саат 01:00 де саяға киреди.

Саядан саат 04:00 де шығады, ярым саядан болса саат 05:19 да шығып кетеди, яғный тутылыў жуўмақланады.

Қуяш саат 05:04 те шығады. Оның максимал фазасы 0,66 ға жетеди. Жердиң тәбийғый жолдасы тутылыў ўақтында жер саясының қубла бөлиминен өтеди. Айда бул ўақытта белгили бир дәрежеде ҳәм толық түрде қуяш тутылыўы бақланады.

Сондай-ақ, тутылыў Түслик Америка, Европа, Африка, Азия, Австралия ҳәм Россия (Чукотка, Камчатка ҳәм Узақ Шығыс жағалаўларынан тысқары) аймақларында да бақланады.

Қуяш тутылыўынан парқлы түрде Ай тутылыўы ўақтында көринип турады. Ай тутылыўдың үлкен фазасында қызыл жақтылық таратады ҳәм толық көзге көринбей қалмайды. Тутылыўды әпиўайы көз бенен де көриў мүмкин.

Әдетте Айдың белгили бир дәрежеде тутылыўы ўақтында бул ҳәдийсени әпиўайы көз бенен көриў қыйын болады.

Сол себепли сизде дүрбин ямаса көриў трубасы болыўы мақсетке муўапық, Айдың жүзи анықлаў болып көринеди ҳәм сизге бул астрономиялық ҳәдийседен заўықланыўға жәрдем береди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.