Усы жылдың 14-июль күни саат 01:20 ларда Шымбай районында жасайтуғын Көбейсин Есемуратов қоңсысы 42 жаслы Э.Д. исимли ҳаялдың үйинде оны қорқытып, өткир ушлы предмет пенен оны жарақатлап, бир жуп вижутерия сырғалары, есабында пулы болмаған банк пластик карточкасы ҳәм «Samsung» маркалы мобиль телефонын алып ўақыя орнынан жасырынған. Ақыбетинде Э.Д. емлеўханаға жатқарылып, К.Есемуратовты услаў илажлары көрилген.
Жүз берген жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 164-статьясы менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Ҳүрметли пуқаралар, бул пуқара тәрепинен басқа түрдеги жынаятлардың әмелге асырылыўының алдын алыў мақсетинде, Көбейсин Есемуратов ҳаққында қандайда бир мағлыўматқа ийе болсаңыз, ишки ислер уйымларының аймақлық бөлимлерине ямаса «102» телефон номерине хабар бериўиңизди сораймыз.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.