Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде Қарақалпақстан Республикасынан жеңиллетилген түрде жоқарғы оқыў орнына қабылланған спортшыларға жоқарғы оқыў орнының студенти болғанлығын тастыйықлайтуғын гүўалықларын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.

Онда Халықаралық, республикалық жарысларда, олимпиадаларда, Азия чемпионатларында жоқары орынларды ийелеген спортшылар, ата-аналар, устаз тренерлер, жоқары оқыў орынларының ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер елимизде басқа тараўлар қатарында денетәрбия ҳәм спорт тараўына да үлкен итибар қаратылғанын атап өтти. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 13-октябрьдеги «Өзбекстанның қәбилетли жасларын сыйлықлаў ҳәм материаллық хошаметлеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикалық ҳәм халықаралық жарысларда, Олимпиада, Азия ойынларында, Жәҳән ҳәм Азия чемпионатларында жоқары жетискенликлерге ерискен республикамыздың академиялық лицей, кәсип-өнер колледжи ҳәм улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары жоқарғы оқыў орынларына тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларсыз қабыл етиледи. Өткен 2018-2019-оқыў жылында 11 спортшы усындай бахытқа миясар болған болса, 2019-2020-оқыў жылында 28 спортшы жеңиллетилген түрде жоқарғы оқыў орнына қабылланды. Атап айтқанда, Нөкис спорт колледжинен 13, Нөкис қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернатынан 8, кәсип-өнер колледжлеринен 7 питкериўши оқыўшыға студент екенлигин тастыйықлайтуғын гүўалықлар берилди.

– Мениң шәкиртим Нилюфар Ермағанбетова 2018-жылы Ливан қаласында болып өткен Азия чемпионатында биринши орынды алған болса, сол жылы Аргентинаның Буэнос-Айрес қаласында өткерилген Жаслар Олимпиадасы ойынларында үшинши орынды жеңип алды. Президентимиздиң спортқа қаратып атырған жоқары итибарының, республикамыздың спортшы жасларын қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде шәкиртлеримиз жәҳән ареналарына шығып, елимиз байрағын жоқары шыңларда желбиретиў бахтына ериспекте. Спортшыларға имтиханларсыз жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға кириў имканияты жаратып берилгени олардың және де өз үстинде изленип, Өзбекстанымызды спорт бағдарында дүньяға танытыўда оларға күш-қуўат бағышлайды, – дейди Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң дзюдо гүреси бойынша тренери А.Мамутов.

– Спорттың еркин гүрес түри менен 9 жылдан берли шуғылланып киятырған болсам, усы ўақыт ишинде Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан чемпионатларында биринши, Таиланд қаласындағы Азия чемпионатында үшинши орынларды алдым. Спортшылар ушын барлық шараятларды жаратып берген Президентимизге, еркин гүрес спортына алып келген ата-анама өз миннетдаршылығымды билдиремен, – дейди  спортшы У.Мақсетова. –Усы спорттың арқасында тест сынақларысыз жеңиллетилген түрде оқыўға кириўге миясар болдым. Заманласларымды спорт пенен шуғылланыўға, сол арқалы жоқары жетискенликлерге ерисиўге шақырып қаламан.

Гүўалық тапсырыў илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.