«Өзхимиясанаат» АЖ басқарыў директоры О.Темировтың Kun.uz сайтына мағлыўмат бериўинше, өндирислик кәрханаларындағы мәмлекетлик үлес ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖға тийисли үлеслерин инвесторларға инвестиция киргизиў шәрти тийкарында сатыў жобаластырылмақта.

Өзбекстан бойынша улыўма 8 ири кәрхана, солар қатарында Қоңырат сода заводының мәмлекетлик үлеслери ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖ үлеслерин жеке меншик инвесторларға сатыў белгиленген.

Инвесторлардан тармаққа жаңа, заманагөй, энергияны үнемлейтуғын технологиялар алып кириў, халықаралық экологиялық нормаларға әмел етиў талап етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.