Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасында денсаўлықты сақлаўды басқарыўдың инновациялық моделин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасында аймақлық бөлими шөлкемлестирилди.

Миллий палата республикамыздың денсаўлықты сақлаўды басқарыў тараўына инновациялық модельлер енгизиў ушын жуўапкер болған республика медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин бирлестиретуғын мәмлекетлик шөлкем болып есапланады.

Миллий палата заманагөй клиникалық қолланбалар ҳәм баянламалар, диагноз қойыў ҳәм емлеў сапа стандартлары, сондай-ақ, материаллық-техникалық үскенелеў стандартларының ислеп шығарылыўын шөлкемлестириў, олардың өз ўақтында енгизилиўи үстинен мониторинг алып барады. Ең әҳмийетлиси, медицина хызметкерлериниң, бул кәсиптиң абырайын, елимиздиң денсаўлықты сақлаў системасына дүнья жүзи еллериниң ҳәм халқымыздың исенимин арттырыў, медицина хызметкерлерине әдеп-икрамлылық қағыйдаларын сиңдириў, коррупцияның түрлерин жоқ етиў ҳәм олардың алдын алыў бағдарында жәмийетлик қадағалаўды алып барады.

О.ХАЛИМОВ,

 Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының Қарақалпақстан Республикалық бөлими директоры