Ташкент қаласының Миробод районындағы Нөкис ҳәм Т.Шевченко көшелериниң кесилиспесинде қарақалпақ халқының классик шайыры Бердақтың естелиги орнатылды.
Естеликтиң астына «Қарақалпақ халқының уллы шайыры Бердақ Ғарғабай улы» деп жазылған. Естеликтиң таярланыў ҳәм орнатылыў процесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясы, Министрлер Кабинети, Өзбекстан көркем өнер академиясы, Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм жуўапкер хызметкерлер және Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басшылары тиккелей қатнасты.
-Естеликтиң орнатылыўы Президентимиздиң басшылығында бул бағдарда әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслардың үзликсиз даўамы және уллы шайырымызға көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет-итибар белгиси болып есапланады,- дейди Қарақалпақстан халық жазыўшысы Шарап Уснатдинов. – Усы сыяқлы қайырлы ислерден биз дөтериўшилер қуўанышлымыз, әлбетте.
Шайырдың жаңа естелигин жаратыў ҳәм Ташкент қаласына орнатыў басламасы Президентимиз тәрепинен алға қойылған болып, ол Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен дөретиўши зыялылар, жазыўшы ҳәм шайырларымыздың билдирген усынысларына муўапық таярланды.
Естеликтиң рәсмий ашылыў мәресими Ғәрезсизлик байрамының 28 жыллығы қарсаңында өткерилиўи белгиленген.
Есихан Қанатов,
ӨзА