«O‘zbekiston tarixi» телеканалын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, 2019-жыл 1-сентябрьден баслап «O‘zbekiston tarixi» телеканалы өз жумысын баслайды.

Қарар тийкарында телеканалдың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары белгилеп берилди.

Телеканалдың тийкарғы ўазыйпасы Өзбекстанның әййемги ҳәм бай тарийхы, халқымыздың дүнья цивилизациясына қосқан илимий, мәдений ҳәм руўхый үлеси ҳаққында елимиз халқын, дүнья жәмийетшилигин кең түрде хабардар етиў болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.