Усы жылдың 9-июль күни «Озодлик» радиостанциясының рәсмий веб-сайтында Төрткүл районындағы бир топар исбилерменлердиң мүрәжаты тийкарында жазылған «Қорақалпоғистон: автотураргоҳ ўрнида ноқонуний равишда бозор қурилмоқда» атамасындағы материал жәрияланды.
Материалда 2010-жылы райондағы бурынғы базар бузылғаны, оның орнына Беруний көшесинде жаңадан «Тўрткўл эл ризқи деҳқон бозори» ҳәм «Тўрткўл савдо комплекси» ЖШЖ шөлкемлестирилгени жазылған.
Сондай-ақ, жәрияланған материалда жоба тийкарында базарға тутас аймақлардан автомобильлер турыў орны тастыйықланған болып, ол усы жылдың 17-апрель күнине шекем ислеп турғаны, 17-апрельден баслап Төрткүл районы ҳәкими тәрепинен 2-3-4-санлы жөнелис бойынша ҳәрекетленетуғын автотранспорт қуралларының күнлик тоқтаў орынларын реконструкциялаў ушын көширилген болып, тилекке қарсы усы күнге шекем реконструкция алып барылмағаны, сол себепли ҳәзирги ўақытта Беруний көшесинде жайласқан бир-бири менен кесилисетуғын 4 көшеде автомобильлердиң тығыз болыў жағдайы жүзеге келип және буннан халықтың наразы болып атырғаны атап өтилген.
Биз бул жағдайды үйрендик. Мәлим болыўынша, «Тўрткўл савдо комплекси» ЖШЖ аймағындағы атап өтилген машқалаларды ҳәм Беруний көшесинде жүзеге келип атырған автомобильлердиң тығызлығын сапластырыў, сондай-ақ, район ҳәкимлиги тәрепинен халыққа қолайлы шараятларды жаратып бериў мақсетинде «Тўрткўл савдо комплекси» ЖШЖның қубла тәрепиндеги 2-3-4-санлы жөнелисли автотранспортлар тоқтаў орнын реконструкциялаў ушын автомобильлер турыў орны саўда комплексиниң арқа тәрепиндеги автомобильлер тоқтаў орнына көширилген.
«Тўрткўл савдо комплекси» ЖШЖның қубла тәрепиндеги автомобильлер тоқтаў орны «Тўрткўл эл ризқи деҳқон бозори» ЖШЖға тийисли болып, ҳәзирги ўақытта базардың арқа тәрепинде жаңа заманагөй автотранспортлар тоқтаў орны және қубла тәрепиндеги улыўма 8017 квадрат метрлик жер майданында реконсрукциялаў ҳәм заманагөй автомобильлер тоқтаў орнын қурыў жобаластырылған.
«Тўрткўл савдо комплекси» ЖШЖға қараслы болған автотранспортларды ўақытша сақлаў орнында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өнерментшиликти және де раўажландырыў ҳәм өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының талапларын орынлаў мақсетинде шығарылған район ҳәкимлигиниң 2019-жыл 27-майдағы №26/1 протоколына тийкарланып миллий усылдағы өнерментлер базарын шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.