Үстирт аймағындағы «Қусқайыр» кәниниң 1-санлы қудығында күнлик газ бериў бойынша дәслепки көрсеткиш 200 мың кубометр болған санаат көлеминдеги газ ағымы алынды. Бул ҳаққында «Өзбекнефтьгаз» АЖ хабар берди.

Мағлыўматта жазылыўынша, излеў қудығының тереңлиги 3550 метрди қурайды.

Еслетип өтемиз, буннан алдын Мойнақтағы «Аралық» кәнинде тәбийғый газдиң дәслепки ағымы алынғаны ҳаққында хабар берген едик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.