Бүгин Хожели районы аймағында жаңа еки объект пайдаланыўға тапсырылды.
Атап айтқанда, райондағы Саманкөл АПЖ аймағында “Rayana text” ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген тигиў цехы иске түсти.
Оның ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – республикалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова, Президент Халық қабыллаўханасының районлық бөлими баслығы К.Жамалов ҳәм сектор басшылары қатнасты.
– Бизиң басламамызды ҳаял-қызлар комитети қоллап-қуўатлап, бизге районымыз ҳаял-қызларының бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, жәми 110 миллион сумлық кредит ажыратылған еди,-дейди кәрхана баслығы Гүлмийра Абдикаликова. – Цехта 20 ҳаял-қыз кепилленген жумыс орны менен тәмийинленип, ҳәзирги күнде олар тәрепинен заманагөй үлгидеги кийим-кеншеклер тигилмекте. Әсиресе, жаңа оқыў жылы ушын тигилип атырған әжайып мектеп формалары қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық пайда етти.
Сондай-ақ, усы күни районның «Жан-Қоңырат» МПЖ аймағында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2017 — 2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңа үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар салыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық, турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж, бир үйде көпшилик болып жасайтуғын шаңарақлар, перзентлери кем тәмийинленген шаңарақларда тәрбиялап атырған, соның менен бирге, шаңарағында майыплығы болған, майыплыққа алып келиўши кеселликке шалынған, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм басқа да 30 шаңарақ турақ жай менен тәмийинленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.