Қарақалпақстандағы «Аралық» кәнинде тәбийғый газдиң дәслепки ағымы алынды. Бул ҳаққында «Өзбекнефтьгаз» АЖ хабар берди.
Жаңа кән Мойнақ районы аймағында жайласқан болып, ол жердеги 1-излеў тереңлиги 3910 метрге жетеди.
Сынаў жумысларының нәтийжелерине муўапық, жаңа кәнде суткасына 700-800 мың кубометр муғдарындағы тәбийғый газ алынған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.