Ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Қалаларымыз бенен аўылларымыздың шырайы ашылып, жаңа имаратлар бой тиклемекте. Усындай қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары Шымбай районында да қызғын алып барылмақта.
Шымбай районы ҳәкимлигиниң мағлыўматларына қарағанда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы инвестициялық бағдарламасын әмелге асырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, районда усы жылы 29 объектте 16,4 миллиард сумлық қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген. Сондай-ақ, 14 объектте жәми 1,3 миллиард сумлық жол оңлаў ҳәм капитал оңлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.
Бүгинги күнде 9,5 миллиард сумлық жумыслар әмелге асырылған. Соннан, Шымбай районлық Бәнтликке көмеклесиў орайы имаратының қурылыс жумысларына реже бойынша 1,6 миллиард сум қаржы ажыратыў режелестирилип, бүгинги күнде 480 миллион сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылған. Ҳәзирги күнде усы объекттиң 1-қабаты бастырылып, 2-қабатына гербиш өриў жумыслары алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-январьдағы қарары тийкарында районлық балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң қурылыс жумысларына 5,3 миллиард, Қамысарық АПЖ аймағында жайласқан 53-санлы шаңарақ поликлиникасына 762 миллион сум қаржы ажыратылып, қурылыс, реконструкциялаў жумысларының әмелге асырылыўы режелестирилген.
Бүгинги күнде усы обьектлердиң шиферлаў, ишки ҳәм сыртқы сыбаў жумыслары әмелге асырылып, айна ҳәм есиклер орнатылды. Поллаў, электромонтаж, дийўал менен қоршаў, ысытыў системаларын қурыў жумыслары жуўмақланып, бояў ҳәм пардозлаў жумыслары алып барылмақта.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан еРеспубликасы Министрлер Кеңесиниң усынысы тийкарында райондағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде реконструкциялаў, қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 1,2 миллиард сум қаржы ажыратыў режелестирилген. Бүгинги күнде бул жерде 938,5 миллион сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылған. Имараттың ишки ҳәм сыртқы сыбаў, электромонтаж жумыслары жуўмақланып, төбесин шиферлаў, дийўал менен қоршаў жумыслары алып барылмақта.
Райондағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары қызғын даўам етпекте.
Қ.Х.А
Гулназ Балтабаева,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.