Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматларына қарағанда, Федерация ҳәм оның район (қала)лық жәмийетлерине 2019-жылдың биринши ярым жыллығы даўамында тутыныўшылардан, жәми 273 арза ҳәм шағымлар келип түскен.
Олардың отызы газ, жигирма бири суў, отыз бири электр тәмийнаты, алтаўы коммунал хызмети, сексени саўда, екеўи денсаўлықты сақлаў, үшеўи байланыс, жигирма бири транспорт, отыз үши хызмет көрсетиў, қырқ алтысы басқа тараўлар бойынша келип түскен мүрәжатлар болып есапланады.
Тутыныўшылардың бузылған ҳуқықлары нызамға муўапық қорғалып, оларға келтирилген, жәми 623 миллион 152 мың 935 сумлық зыян қайта есаплап берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.