Хабарыңыз бар, быйылғы жылдан баслап алдынғы оқыў жылларында питкерген абитуриентлерден жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў ушын ең кем мийнет ҳақының ярым есеси муғдарында төлем алынбақта.

Кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан арқалы оқыўға тапсыратуғын көпшилик абитуриентлер арасында бул бойынша түсиниспеўшиликлер келип шықпақта.

 

Хош, олар «ярым минимальный»ды төлеўи керек пе?

 

Белгиленген нормаларға муўапық, тек ғана кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан арқалы (тест имтиханы болмаған) оқыўға тапсыратуғын абитуриентлерден «ярым минимальный» төлем алынбайды. Мәселен, дене мәденияты, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы, музыкалық тәлим сыяқлы тәлим бағдарларына тек ғана кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан арқалы қабыл етиледи, бунда улыўма тест болмайды.

 

Ал ҳәм тест имтиханы, ҳәм дөретиўшилик имтиханы болған тәлим бағдарларында қандай болады?

 

Бул типтеги абитуриентлер «ярым минимальный»ды төлейди. Мәселен, журналистика, шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў сыяқлы бағдарлардың биринши ҳәм үшинши пәни тест сораўлары, екинши блогы кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханы болып есапланады. Тест ҳәм кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханы аралас болған бағдарлар ушын ең кем мийнет ҳақының ярым есеси төлениўи керек.

 

Еслетип өтемиз, быйылғы оқыў жылында мектеп ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелерин (колледж, лицейлерди) питкерип атырған, майыплығы болған ямаса толық мәмлекетлик тәмийнатта болған абитуриентлер төлем төлемейди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.