Усы жыл 4-июль күни, Қоңырат районындағы «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен әтир ишинде марихуана наркотикалық затын алып кирмекши болған шахс усланды.
Яғный, «Тойота» маркалы автомашинада шегарадан өтип кирип киятырған пуқара Н.К. ға тийисли болған, сыртқы көриниси «граната» формасындағы ер адамлар әтири бажыхана хызметкерлериниң итибарын тартып, бул әтирди көзден өткериў ўақтында оның ишине жасырып қойылған жасыл реңли, өткир ийисли, сап аўырлығы 1,84 грамм болған «Марихуана» нәшебентлик заты бар екенлиги анықланды.
Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.
– Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен бажыхана төлемлерин өндириў ҳәм де бажыхана тараўына байланыслы нызамбузыўшылық жағдайларын анықлаўға қаратылған бир қатар илажлар әмелге асырылмақта,-дейди басқарманың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыс топарының аға инспекторы Нурлыбек Хожанов. – Басқарма тәрепинен контрабанда жынаятының алдын алыўға қаратылған илажлар да өз нәтийжесин көрсетпекте.
Атап айтқанда, быйылғы жылдың биринши ярым жыллығында басқарма тәрепинен мәмлекетлик бюджетке 87 миллиард 542 миллион сум муғдарындағы пул түсимлери өндирилип, белгиленген прогноз көрсеткиши 103 процентке артығы менен орынланды.
Сондай-ақ, есап бериў дәўиринде 887 бажыхана нызамшылығын бузыў жағдайлары анықланып, баҳасы 2 миллиард сумнан аслам болған товарлар айғақлы зат ретинде алып қойылды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.