Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 3-июльдеги қарары тийкарында Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының қорғаў хызмети ҳаққындағы устав тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.
Қарарда белгилениўинше, Ишки ислер министрлигиниң Қорғаў бас басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимшелери Миллий гвардияға өткерилген.
Уставқа муўапық, шәртнама тийкарында мәмлекетлик объектлерди, айырықша әҳмийетли, категорияланған ҳәм басқа объектлерди, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүлклерин қорғаў усы хызмет түриниң тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.