Кеше, 4-июль күни ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбергенов өз каналында жоқары оқыў орынларының сыртқы бөлимине абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў 15-июльға шекем болып өтетуғыны ҳаққында мәлим еткен еди.

Тастыйықланған мағлыўматларға қарағанда, сыртқы бөлимге ҳүжжетлерди қабыллаў 15-июльға шекем (усы күнниң өзинде де) болып өтеди.

Солай екен, абитуриентлерден өз ўақтында ҳүжжетлерди тапсырыўын сорап қаламыз.

Еслетип өтемиз, алдын жоқары оқыў орынларының сыртқы бөлимине ҳүжжетлерди қабыллаў ўақты сыпатында 1-30-июль күнлери аралығы етип көрсетилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.