Усы жылдың 4-июль күни Өзбекстан Республикасы мәденият министри Бахтиёр Сайфуллаев Қарақалпақстанға келди. Бул ҳаққында министрлик сайты хабар берди.
Мәденият министри сапарын Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалынан баслады.
Министр усы жоқары оқыў орнында абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў процесси қалай өтип атырғаны менен танысып, жуўапкер басшыларға оқыўға қабыллаў процеслери объектив ҳәм әшкаралық принциплери тийкарында даўам етиўи кереклигин атап өтти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.