Нызамшылыққа муўапық, 2019-жыл 1-июльдан жол-патруль хызмети инспекторы хызмет ўазыйпаларын мобиль видеокамерадан пайдаланған ҳалда әшкара алып барыўы ҳәм бул ҳаққында жол ҳәрекети қатнасыўшыларына мәлим етиўи керек еди.

Қарар тийкарында ЖПХ хызметкерлери хызмет ўазыйпаларында мобиль видеокамерадан пайдаланыў бойынша талап 2020-жылдың 1-январына шекем узайтылды.

Усыған муўапық, жол ҳәрекети қатнасыўшылары 2020-жылдың 1-январына шекем хызметти мобиль камерасыз алып барып атырған ЖПХ хызметкерине ҳүжжетлерди көрсетпеў ҳуқықынан пайдалана алмайды.

Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.