3-июль күни «Ҳаж» ҳәм «Умра» илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўди еле де жетилистириў илажлары ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарарға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Киргизилген өзгерислерге муўапық, «Ҳаж» ҳәм «Умра» илажларына баратуғын пуқаралар районлық (қалалық) медицина бирлеспелеринде, қыйын ҳәм қарама-қарсылықлы жағдайларда орайлық поликлиникалардың биринде бийпул медициналық тексериўден өткериледи.

Алдын медициналық тексериўдиң барлық басқышлары тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларында, сондай-ақ, Ташкентте орайластырылған тәризде бир медициналық мәкемеде бийпул өткерилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.