Гүлистанда оқыўға киргизип қойыў ушын 1500 доллар сораған декан орынбасары қолға алынды. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
Гүлистан мәмлекетлик университети социаллық-экономикалық факультети деканының орынбасары алдаў жолы менен Н.С. исимли пуқараның жийенин таныслары арқалы университеттиң тарийх факультетине оқыўға киргизиў ушын 1500 АҚШ долларын сорап, 1000 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.
Сондай-ақ, Гүлистан медицина колледжи кәсиплик пән оқытыўшысы алдаў жолы менен Х.Ғ. исимли пуқараны колледждеги таныслары арқалы «контракт» тийкарында оқыўға киргизиў ушын 300 АҚШ долларын талап еткен ўақытта қолға алынған.
Жүз берген жағдайлар бойынша жоқарыда келтирилген шахсларға жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.