2-июль күни сайлап алыў имтиханлары Ташкент, Наманган, Хорезм ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймақларында өз жуўмағына жетти.

Нөкистеги Президент мектебине сайлап алыў имтиханларына улыўма 7461 талабан қатнасыўы күтилген болса, солардан 7372 талабан имтиханға қатнасқан, 89 ы келмеген. Имтиханнан шетлетилгенлер болмаған.

Жуўап бетлери имтихан өткерилген орынлардың өзинде «Cambridge Assessment International Education» ўәкиллери тәрепинен тийисли қутыларға салынып, мөрленди ҳәм тексериў ушын Уллы Британияға жиберилди.

Сайлап алыў имтиханының нәтийжелери 16-июльға шекем жәрияланыўы жобаластырылған. Нәтийжелерди онлайн тәризде көриў имканияты жаратылады ҳәм айырықша көрсетпе бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.