Усы жыл 7-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке кеңнен түсиндириў, орынларда машқалаларды үйрениў ҳәм шешиў бойынша дүзилген республикалық жумысшы топар ағзаларының исбилерменлер менен ушырасыўы болып өтти.

Илажға министрликлер, кәрхана, мәкеме, шөлкемлердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, Нөкис қаласы, Нөкис, Хожели, Тақыятас районларынан исбилерменлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев,  Өзбекстан Республикасы Әдиллик министри Р.Давлетов шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында исбилерменликти раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм бизнес жүргизиў ушын қолайлы орталық жаратыў, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

 

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары шөлкемлестирилип, оның жумысының тийкарғы бағдары исбилерменлик субъектлери ҳәм сырт ел инвесторлары менен ислесиўди шөлкемлестириўдиң сапасын және көрип шығыў ўақтын асырыў, олар менен ашық және тиккелей байланысты тәмийинлеў,  олардың  ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине әмел етилиўин тәмийинлеў болып табылады.  Сондай-ақ, исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалалы мәселелерди шешиў,  аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўына реал үлесин көбейтиў, халықтың жумыс пенен тәмийинленгенин арттырыўдан ибарат.

Ҳүкиметимиз бийлигине муўапық Бас министрдиң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў бойынша қабыллаўханалары Қарақалпақстан Республикасындағы бөлимшесиниң басшысы ўазыйпасын атқарыўшы ҳәм қәнигелери  тайынланды. Ушырасыў қатнасыўшыларына олар жақыннан таныстырылды ҳәм ўазыйпалары атап өтилди.

Буннан кейин исбилерменлер менен тиккелей сәўбетлесиў болды. Ушырасыўда үш жүзге шамалас исбилермен қатнасып, олардың тийкарынан кредит алыў, жер орнын ажыратыў, коммуналлық хызметлер ҳәм басқа да мәселелер бойынша алпысқа жақын мүрәжаты қабыл етилди. Олардың бир қатары усы жердиң өзинде шешимин тапты, қалғанларын шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

-Бизлерге көрсетилип атырған айрықша итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз,-дейди Нөкис районындағы «Қоңыратбай-Меҳри» фермер хожалығының баслығы Есенбай Айтмуратов.-Ушырасыўда шарўашылыққа қәнигелестирилген фермер хожалықларын қыйнап киятырған машқала, яғный биржа арқалы төгин алыў мәселесин айттым. Мениң бул мүрәжатым қәнигелер тәрепинен жақын күнлерде көрип шығылып, жуўап берилетуғын болды.

Исбилермен Атабек Ибраимов шаштәрезхана ашыў бойынша «Халық банки»ниң Нөкис районлық бөлиминен кредит алыўда жәрдем сорап мүрәжат етти. Оның мүрәжаты банк қәнигелери тәрепинен көрип шығылып, усы жердиң өзинде шешимин тапты.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўапалды.

Исбилерменлер менен усындай аймақлық ушырасыў Шымбай районында да болып өтти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.